Шоманай районы Мәмлекетлик хызметкер орайы тәрепинен ѳткен жылы 30 мыңнан аслам мәмлекетлик хызмет кѳрсетилген болса, соннан мобиль (кѳшпели) түрде 2400 ден аслам хызметлер кѳсетилип, бул жәми хызметлердиң 8 пайызын қурады.
Көшпели хызметтеги тийкарғы мақсет, жәмийетимиздиң барлық қатламларының мәплерин есапқа алған ҳалда ҳәр бир пуқараның имканиятынан келип шығып олардың қымбатлы ўақтын тежеў, оларға қолайлық жаратыў мақсетинде орынларға шыққан ҳалда Мәмлекетлик хызмет көрсетиў болып табылады.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасының мобиль автобусында район орайынан алыс аймақта жайласқан “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында гезектеги көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Пуқаралар жыйыны орайы болған “Мамый” елатлы пункти район орайынан 25 км қашықлықта жайласқан менен бул аймақтағы ең кѳп халық жасаўшы “Кѳк суў”, “Гүлистан”, “Нурымбай” ҳәм “Қараш” елатлы пуктлери бул жерден 17-20 шақырым қашықлықта жайласқан.
Елимиздеги бәрше тараўлардың тез пәт пенен раўажланыўы нәтийжесинде Мәмлекетлик хызметлерге болған талап күннен-күнге артпақта,-деп атап ѳтти “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны жуўаплы хызметкери Орынгүл Таўмуратова.
Усы аймақта 5 мыңға шамалас аслам пуқаралар жайсайды, қоңсылас “Қарабайлы” ҳәм “Бирлешик” пуқаралар жыйынлары менен қосқанда 12 мыңнан артық пуқара бар.
Олардың Мәмлекетлик хызметлерге болған мүтәжлигин сыпатлы ҳәм ѳз ўақтында питкериўде Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 31-январь күнги ПП-5930-санлы Пәрманы ѳз ўақтында қабыл етилген унамлы шешим болды,- деп ойлайман, себеби Пәрманда алыс аймақларда Мәмлекетлик хызметлер орайларының филиалларын шѳлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар белгиленген еди.
Филиаллардың тийкарғы ўазыйпасы болса, пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине мобил (кѳшпели) мәмлекетлик хызмет кѳрсетиў болып табылады.
Мобил (көшпели) хызметлер нәтийжесинде аймақтағы пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине жәми 80 тен аслам көшпели хызметлер көрсетилип, пуқаралардың миннетдаршылығына миясар болды.
Халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында олардың сыпаты, жеделлиги, ашық-айдынлығы, ҳәм пайдаланыў имканиятын түптен асырыў – «Халық мәмлекетлик уйымларына емес, мәмлекетлик уйымлары халық ушын хызмет етиў керек» деген идеяны сөзсиз әмелге асырыўға көмеклеседи!