Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар аўқамында O’zLiDeP басланғыш партия шөлкеми баслығы сайланды

Жаслар аўқамында O’zLiDeP басланғыш партия шөлкеми баслығы сайланды

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитетиниң 2020-жыл 21-февраль күнги “Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы басланғыш шөлкемлериниң гезектеги есабат-сайлаў жыйналысларын өткериў ҳаққында” ғы қарарына тийкар усы жылдың март-апрель айлары даўамында O’zLiDeP Шоманай районлық Кеңесиниң мәкеме-кәрханалар ҳәмде исбилерменлик субьектлериндеги 54 басланғыш партия шөлкемлеринде гезектеги есабат-сайлаў жыйналыслары өткерилиўи режелестирилген.

Тастыйықланған кестеге тийкар 5-март күни Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңесинде жайласқан O’zLiDeP басланғыш партия шөлкеминде есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди. Жыйналыста O’zLiDeP Шоманай районлық Кеңеси Атқарыўшы хаткери Ф.Ходжабаев, Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси баслығы, O’zLiDeP Шоманай районлық Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары М.Нарбаев ҳәмде партия белсендилери қатнасты.

Жыйналыс күн тәртибинде Басланғыш партия шөлкеминиң өткен 2019-жыл даўамында партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда әмелге асырыған жумыслары, 2020-жыл даўамында партия менен биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслары бойынша ис-режесин тастыйықлаў ҳәмде Басланғыш партия шөлкеми баслығын сайлаў мәселелери көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер додаланып тийисли қарарлар қабыл етилди ҳәмде Басланғыш партия шөлкеми баслығы етип Давлетов Ажинияз Ережепович қайта сайланды.

Skip to content