Múrájat ushın isenim telefonı

background

Байрамыңыз мүбәрек әзиз Ҳаяллар

Байрамыңыз мүбәрек әзиз Ҳаяллар

Ҳаял-қызларды бәҳәр мәўсимине теңейды. Гөззаллық, жаңаланыў, жасарыў, өмир даўамлылығы бәҳәр ҳәм ҳаял түсиниклеринде сәўлелениўи сөзсиз.

8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы гөззал ҳәм бийтакрар елимизге бәҳәр нәпеси кирип келгенинен дерек береди.

Байрам мүнәсибети менен Шоманай районында байрам кешеси өткерилди. Байрам район ҳәкиминиң ҳаял­қызларға қутлықлаў сөзи менен басланды. Ҳәр түрли тараўларда пидайы мийнет ислеген бир қатар белсенди ҳаял-қызлар район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланды. Байрам дәстүрханы әтирапында жаңлаған сазлы намалар менен ойын-тамашалар күнниң қаҳарманлары болған ҳаял-қызларымызға ҳақыйқый бәҳәр кейпиятын бағышлады.

Байрамға арналған иләжлар, акциялар районымыз бойлап даўам етпекте.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content