Жақсыдан бағ қалады, жаманнан дақ қалады деген даналарымыздан қалған гәп бар. Шоманайлы жасларымыздан және бир жаслар бағы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 15 гектар жерге 6,5 мың түп мийўе нәллери егилип, Жаслар бағы жаратылды.
Усы жылдың 3-март күни Шоманайда Жаслар бағын жаратыўда өз үлеслерин қосыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниӊ тәрбиялық ислери бойынша орынбасары Полковник Х.Қаршиев, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы Полковник М.Юсупов, Өзбекстан Республикасы Нураний қоры басқарыў Кеңесиниң орынбасары Ш.Усманов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри орынбасары Сенатор Ш.Уснатдинов, Арқа батыс әскерий округы әскерий хызметшилери ҳәм әскерлери келип районныӊ гүллениўи ҳәм көклемзарласыўына өз үлеслерин қосып, район жасларына ийинлес болып мийўе ӊәллерин отырғызды.
Жаслар бағын жаратыўда жами 200 ге жақын кеўилли жаслар ҳәм әскерлер қатнасты. «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жас үлкен нураний Есенов Амангелди атамыз егилетуғын мийўе нәллери, ертенги күни үлкен бағ болып, жақсы мийўе бериў нийетлерин билдирип пәтиясын берди ҳәм егиске таярланған жер майданларына район ҳәкими Б.Янгибаев, келген мийманлар менен биргеликте биринши мийўе нәллерин тигип, жасларға мийўе нәллерин тәрбиялаў, бағшылық сырлары ҳаққында түсиниклер берди.
Шоманай районы ҳакимлиги мәлимлеме хызмети.