Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 18-февраль күнги «Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын жәнеде қоллап-қуўатлаў ҳәмде шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў иләжлары ҳаққында»ғы 5938-санлы Парманы тийкарында усы жылдың 29-февраль күни Шоманай районы “Мамый” аўыл пуқаралар жыйынында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊаракты қоллап-қуўатлаў Министри С.Турманов, Сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынлары ақсақаллары ҳәм орынбасарлары тийисли мекеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊаракты қоллап-қуўатлаў Министри С.Турманов район ҳәкими менен биргеликте “Мамый” аўыл пуқаралар жыйынындағы шаӊарақлар жағдайлары ҳәм машқалаларын үйренди ҳәм жумыссыз болған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен жолламалар берилди. Пуқаралар жыйынындағы имкәнияты шекленген шаңарақлардың тамарқа жерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен берилген мийўе нәллерин отырғызыўда өз белсендилигин көрсетип, биринши мийўе нәллерин отырғызды.
Сондай-ақ “Мамый” аўыл пуқаралар жыйынындағы бәнт болмаған 3 жасқа районлық ҳәкимияты фонды жер майданларынан 1 гектардан жер берилди. Шоманай районыдағы барлық Аўыл ҳәм Мәкән пуқаралар жыйынларында үлгили семинар өткериў бойынша кесте дүзилип, кесте тийкарында семинарлар даўам етеди.