Múrájat ushın isenim telefonı

background

«МАТЕМАТИКА ИЛИМЛЕР ПАТШАСЫ» КЕШЕСИ

«МАТЕМАТИКА ИЛИМЛЕР ПАТШАСЫ» КЕШЕСИ

Шоманай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 16-санлы улыўма билим бериў мектебинде 29-февраль күни «Математика илимлер патшасы» атлы математикалық кеше болып өтти. Кеше даўамында «Санлар сөйлегенде», «Математикалық ҳәм логикалық фокуслар», «Геометриялық фигуралар ҳәм санлар жасырынғанда», «Математикалық сахналық көринислер», «Билимданлар беллесиўи» ҳәм басқада математикалық ойынлар өткерилди. Кеше барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

Skip to content