Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Олий мәжлиске жоллаған мүрәжәтинде, Мәмлекетимизде илим пәнди жәнеде раўажландырыў жасларымызды терең билим, жоқары мәнәўият ҳәм мәденият ийеси етип тәрбиялаў, бәсекиге шыдамлы экономиканы қәлиплестириў бойынша баслаған ислеримизди жедел даўам еттириў ҳәм жаңа заманагөй басқышқа көтериў мақсетинде 2020-жылды «Илим пән ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў» жылы деп атағанының өзи елимиз жасларының илимли болыўына үлкен имкәният жаратады.
Президентимиздиӊ Олий мәжлиске жоллаған мүрәжәтиниӊ түп мәнисин жаслар санасына сиӊдириў, илимли, билимли ҳәм қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр болған шәрт-шәрайытларды жаратып бериў мақсетинде Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев «Дийханабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде 11-класс оқыу́шыларына сабақ өтти. Сабақ барысында район ҳәкими оқыўшыларға инсанныӊ келешегин белгилеп бериўши бул, мектепте алған билимлер екенлигин умытпаўы кереклигин, Сондай-ақ Президент мүрәжәтинде жаслар мәселелерине қарата айтқан даналық сөзлери, жасларға жаратылып атарған жаӊа имкәниятлар ҳаққында айтып өтти.
Сабақ соӊында өтилген сабаққа белсене қатнасып отырған жасларға район ҳәкими тәрепинен жаслар журналлары саўға етилди.