Múrájat ushın isenim telefonı

background

Музыка кеўил ғәзийнеси

Музыка кеўил ғәзийнеси

Инсаният пайда болғалы  музыка, намада пайда болған деген аңызлар бар. Музыка адам кеўилине жақсы кейпият бағышлайтуғын ажайибат есапланады. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде Мәденият, көркем өнер тараўында жасларымыздың жетискенликлери анағурлым жоқары десек қәтелеспеймиз. Район тарийхына нәзер тасласақ Мәденият көркем өнер тараўында әпсанаға айланған Жумабай Жыраў бабамыз көплеген дөретиўшиликлери менен жәҳәнди таң қалдырған. Бүгинги күнде Шоманай районында  Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби жас әўладты тәрбиялап келешекке бағдар берип келмекте.

Сол қатары  “Фортепиано” класс оқытыўшысы Авезова Зийўарда өзиниң шәкиртлери менен биргеликте класс концертин шөлкемлестирди. Концертке мектеп оқыўшылары ҳәм ата-аналар мектеп жәмәәти қатнасты. Концертте оқыўшылар тәрепинен шертилген нама ҳәмде айтылған қосықлар келген мийманларға, әсиресе оқыўшылардың ата-аналарына өзгеше сезим бағышлап, өзлериниң перзентлери менен мақтаныш руўхы менен концерт бағдарламасын тамашалады.

Концерт  соңында белсене  қатнасқан оқыўшылар класс басшылары тәрепинен «Ҳүрмет жарлық»лар менен сыйлықланды.

Skip to content