Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында
Шоманай районлы ишки ислер бөлиминиң 2020-жыл 8-январьдағы «Жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм пиядалар қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы 5/1-28-санлы усынысын, Шоманай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының 2020-жыл 25-январьдағы 24-санлы хатын, районлық абаданластырыў басқармасының 2020-жыл 23-январьдағы 15-санлы хатларын көрип шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамы («Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы», 2013-жыл 15-апрель, 15-сан, 197-статья)ның 7-статьясына, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамының 25-статьясына, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги “Жол ҳәрекети қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 370-санлы қарарына муўапық, район аймағында транспорт қуралларының ҳәрекетлениўин тәртипке салыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде,
ШЕШИМ ЕТЕМЕН :
1. Район аймағында жайласқан:
а) «Ақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши 4к5 автомобиль жолының 2-3 км аралығына (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў
мектеп имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери орнатылсын;
б) Шоманай районы («Дийханабад» АПЖ) орайынан өтиўши 4р177 автомобиль жолының 16-16,2 км аралығына 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси;
28-28,6 км аралығына (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 12-санлы улыўма билим бериў мектеп имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери;
41,8-43 км аралығына еки тәреплеме 42,5-42,7 км аралығына 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгиси ҳәм 3.27 «Тоқтаў қадаған» жол белгиси, 43,3-43,5 км аралығына («Өзбекстан» көшесине, районлық Халық банк имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 3.27 «Тоқтаў қадаған» жол белгилери орнатылсын;
в) «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны орайынан өтиўши 4н20е автомобиль жолының 0,2-0,4 км аралығына (районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери орнатылсын;
г) «А.Наўайы», «Дослық гүзары», «Ш.Амангелдиев» көшелерине (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектеп имараты, районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 1 ҳәм 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери имаратлары жанына) 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери орнатылсын;
д) «Ажинияз» көшесине (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7 ҳәм 33-санлы улыўма билим бериў мектеплери аралығына) 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгиси орнатылсын;
е) «Абай» көшесине (районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имараты жанына) 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгиси;
районлық медицина бирлеспеси имараты алды тәрепине 3.27 «Тоқтаў қадаған» жол белгилери орнатылсын;
ё) «Дийханабад» аўыл пуқаралар жыйынынан өтиўши 4н41 автомобиль жолының 3-3,4 км аралығына (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма билим бериў мектеп имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери;
6,4-6,7 км аралығына (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 10-санлы улыўма билим бериў мектеп имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгилери орнатылсын;
ж) «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйынынан өтиўши 4н76 автомобиль жолының 3,7-4 км аралығына (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 11-санлы улыўма билим бериў мектеп имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери орнатылсын;
з) «Ақ жап» аўыл пуқаралар жыйынынан өтиўши 4н40 автомобиль жолының 1,4-1,6 км аралығына (районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма билим бериў мектеп имараты алды тәрепине) еки тәреплеме 1.21 «Дыққат балалар» жол белгиси, 5.16.1, 5.16.2 «Пиядалар өтиў орны» жол белгилери орнатылсын;
2. Район орайында жайласқан;
«Өзбекстан – Азатлық» көшеси кесилиспесине;
«Өзбекстан – Дослық гүзары» кесилиспесине;
«Өзбекстан – Ш.Амангелдиев» көшеси кесилиспесине;
«А.Наўайы – Дослық гузары» көшеси кесилиспелерине светофорлар қурылсын.
3. Районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы директоры ў.ў.а (А.Каипов) ҳәм Шоманай районлық абаданластырыў басқармасы баслығы (М.Тажимуратов)на жоқарыда аты көрсетилген автомобиль жолларына белгиленген тәртипте тийисли жол ҳәрекети белгилерин орнатыў ҳәм оның тийисли тәртипте сақланыўын тәмийинлеў тапсырылсын.
4. Жоқарыда атап өтилген жол белгилерин орнатыў, жолларды балансында сақлаўшы карханалар яғный, районлық абаданластырыў басқармасы ҳәм Шоманай районы жоллардан пайдаланыў УКның қаржылары есабынан әмелге асырылатуғынлығы инабатқа алынсын.
5. Район ҳәкиминиң биринши орынбасары (Қ.Ходжаметов)на, районлық қаржы бөлими (А.Султанов)не белгиленген тәртипте районлық абаданластырыў басқармасы балансындағы жолларға жол белгилерин орнатыў ушын жергиликли бюджет қәрежетлери есабынан қаржыландырыў дереклерин анықлап еки ҳәпте мүддетде усыныс киритиў тапсырылсын.
6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Ходжаметов ҳәмде район ҳәкиминиң орынбасары Р.Клышевқа жүкленсин.
7. Бул шешим районлық «Шоманай нуры» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәм ҳәкимлик рәсмий веб-сайтына жайластырылсын.
8. Бул шешим рәсмий жарияланған күннен баслап күшке киреди.
Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев
25.02.2020 110/2-сон