Бизди қоршап турған тәбиятты асыраў, оның тазалығын тәмийнлеў, экологиялық орталықты қәлиплестириў, бул жәмийетимизде ең баслы ўазыйпалардан есапланады. Ҳаўа райы ысып, қысқы тоңлар да жибисип дийханларымыздың қызғын мийнет пасылы кирип келмекте. Сол қатарда Шоманай районы ҳәкимлиги, барлық мекеме шөлкемлер, районымыз турғынлары ҳәм пидәйи жасларымыз, район абаданлығы ушын өзлерине тийисли болған жер майданларын тазалап, мийўе ҳәм терек нәллерин егиўди баслап жиберди.
Усы жылы 25-февраль күни район көлеми бойлап «Шоманай районында жасыл аймақ жаратамыз» ураны астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.
Шоманай районы «Қарабайлы» мәкән пуқаралар жыйыны аймағында район ҳәкими Б.Янгибаев басшылығында район пидайы жаслары менен биргеликте «Жаслар бағы»н жаратты.
Район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм «Қарабайлы» мәкән пуқаралар жыйыны баслығы Б.Қыдырбаевлар Жаслар бағының биринши мийўе нәллерин тигип, нәл егиў ҳәм оны тәрбиялаў сырларын жасларымызға түсиндирип өтти.
Акция даўамында район бойынша барлық мекеме шөлкемлер, аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынлары ҳәм белсенди кеўилли жасларымыз тәрепинен жәми 18,110 дана мийўе ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.
Жерге меҳир берсен, жерде саған меҳир береди деген даналарымыз тәрепинен айтылған гәп бийкар емес. Ҳәр биримиз өзимиз жасап турған аймақтағы егислик жерлерге меҳир берип, оны тәрбияласақ, ол жерге егилген егинлер яки мийўе терек нәллери ертенги күни турмысымыздыӊ жақсыланыўына өз үлесин қосады.