Усы жылдыӊ 24-февраль күни Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеӊесиниӊ екинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Жуманов, район ҳәкими Б.Янгибаев, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, районлық Кеӊес депутатлары, Аўыл, мәкән пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, хаткерлери, тийисли мекеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Жуманов сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси баслығыныӊ Шоманай районы ҳәкиминиӊ орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы ҳәм орынбасарларын лаўазымға тайынлаў бойынша бийлигин оқып еситтирди.
Усы бийлик ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниӊ буйрығы тийкарында Шоманай районы ҳәкиминиӊ орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы лаўазымына Ибадуллаева Дина Абдуллаевна, Шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ Ҳаял-қызлардыӊ жәмийетлик-сиясий белсендилигин асырыў бойынша биринши орынбасары лаўазымына Қуденова Баҳар Алламбергеновна, Шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ Қәўипсиз мәҳәлле жумысларын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша орынбасары лаўазымына Нурумбетов Эргаш Шеримбетович, Шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ кекселер ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик белсендилигин асырыў бойынша орынбасары лаўазымына Ниетуллаев Даулетбай Хожабаевичлер тастыйықланды.