Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм орнында шешиў баслы ўазыйпамыз

Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм орнында шешиў баслы ўазыйпамыз

Усы жылдың 22-февраль күни Шоманай районы 1-секторға қараслы «Моншақлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 7-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжилислер залында  «Ҳәким ҳам жаслар» ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўдағы тийкарғы мақсет пуқаралар жыйыны аймағында жасап атырған пуқаралардыӊ соныӊ ишинде жаслардыӊ турмыс дәрежесин және де жақсылаў ҳәм де социаллық-экономикалық машқалаларын өз орнында белгиленген тәртипте унамлы шешиў  болып табылады. Ушырасыўда жаслардан жәми 4 мүрәжәт келип түсип 2 мүрәжәт  өз орнында унамлы шешимин тапқан болса, 1 мүрәжәтке ҳуқықый түсиник берилди, ал қалған 1 мүрәжәт қадағалаўға алынып, тийисли мекеме шөлкем басшыларына унамлы шешиў мақсетинде тапсырмалар берилди.

Ушырасыў соңында «Моншақлы» мәкән пуқаралар жыйыны белсенди жаслары ҳәм де 7-санлы мектептиң таңлаўларда жоқары дәрежели орын ийелеп белсене қатнасып жүрген жасларды хошаметлеў мақсетинде Шоманай районы ҳакимлиги тәрепинен китаплар саўға етилди.

Skip to content