21-февраль күни районымыздағы “Бәркамал әўлад” балалар орайында адам саўдасының алдын алыў ҳәмде 2008-жыл 17-апрель күнги “Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында” ғы Нызамын үгит-нәсиятлаў мақсетинде қәнигелер менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўға Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды судья жәрдемшиси М.Искендеров, Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды кеңсе меңгериўшиси З.Алламуратов ҳәмде Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды архивариусы А.Мамбетназаровлар қатнасты.
Ушырасыўда сөз алған М.Искендеров адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнеттиң аўыр ақбытлери ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берип, күш пенен басым етиў яки күш ислетиў ямаса басқа мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў, алдаў, ямаса басқада шахсты қадағалаўшы адамлардын разылығын алыў ушын оны төлемлер яки мәплерин қорғаў мақсетинде өзине аўдырып алыў арқалы адамлардан пайдаланыў мақсетинде оларды жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў сыяқлы иллетлерден абайлы болыўға шақырып қалды.
Ушырасыў қәнигелердиң сораў-жуәаплары менен даўам етти.