Мәмлекетимиз халқы санын анық есаплап шығыў, олардың жынсы, жасы, семьялық жағдайы, мағлыўматы, турмыс дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, фуқаралығы ҳәмде басқа демографик, социаллық-экономикалық тәриплери бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен “Өзбекстан Республикасында 2022 жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў туўрысында”ғы Пәрман имзаланды.
Усы ҳүжжет пенен тастыйықланған концепцияга тийкар Өзбекстанда 2022 жылда халықты дизимге алыў ислери алып барылыўы көзде тутылған.
Концепцияга көре, ҳәр бир жуўапкер шөлкемлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген ҳәм халықты дизимге алыўды өткизиў бойынша тийисли орган Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети есапланады.
Дизимге алыў ислери қ басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, халықты дизимге алыў барысында, және бир әҳмийетли ўазыйпаны бежериў көзде тутылған. Бул аймақларды карталаў, халықты аймақлық пунктлериндеги үйлердиң дизимин дүзиў менен байланыслы мәселе, турақ ҳәм натурақ жайлардың анық саны, ҳалаты, пайдаланылмай турған яки муддетин өтеген биналарды белгилеп алыў менен тийсли аймақларда үй-жай, санаат объектлерин қурыў ҳәмде ремонтлаў мәселелерине айдынлық киритиў мүмкин болады.
Буннан тысқры, пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасында 2022 жылда халықты дизимге алыўды өткизиўге тийисли комплекс ис-илажлар дәстүри ҳәм тастыйықланды. Усы пәрман менен мәмлекетимизде 2022 жылда халықты дизимге алыўда көмеклесиў бойынша республка ҳәм орынларда жергиликли комиссиялар дүзилди. Олардың тийкарғы ўазыйпалары аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў, өткизиў ҳәм нәтийжелерин дағаза қылыўға тийисли ис-илажлардың өз ўақтында ҳәмде сыпатлы бежерилиўин тәмийнлеў.
Дизимге алыў барысында топланатуғын статистик мағлыўматлар ендиликте бирден-бир электрон мағлыўмат дизимине киритиледи. Нәтийжеде республикамыздың қаласы, районыннан тартып, мәҳәллеси көшесине дейин, алыс аўылларғада тийисли болған бәрше мағлыўматларды өз ишине алған бирден-бир мағлыўмат базасына ийе болады. Бул қымбатлы мағлыўматлар болса бүгин, ертең ҳәм жақын келешек аўладларымыз ушын жүдә зәрур.
Шоманай районы статистика
бөлими жетекши қәнийгеси
Ф.Бекимбетов