Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы ҳәкиминиң “2020-жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа орналастырыў, жәмийетлик жумысларға қатнастырыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында” ғы қарары

Шоманай районы ҳәкиминиң “2020-жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа орналастырыў, жәмийетлик жумысларға қатнастырыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында” ғы қарары

Өзбекстан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамының 17, 22, 23-статьялары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинентиң 2017-жыл 5-октябрьдеги 799-санлы қарары менен тастыйықланған «Ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Реже талапларына муўапық халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нызамларына тийкар

Ш Е Ш И М   Е Т Е М Е Н :

1. Төмендегилер:

          а) Шоманай районы Бантликке көмеклесиў орайының 2020-жыл 7-январьдағы 4-санлы хаты менен белгиленген «2020-жылда ҳақы төленетуғын жәмийиетлик жумысларды шөлкемлестириў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў» қадағалаў көрсеткишлери бойынша усынысы мақуллансын.

б) Шоманай районы бойынша 2020-жылда белгиленген тәртипте жумыссыз деп табылған пуқараларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға жибериў ҳәм кәсипке таярлаў бойынша қадағалаў көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

в) Шоманай районы аймағындағы жумыс излеўши сыпатында дизимге алынған пуқаралар ушын ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларды шөлкемлестиретуғын мәкеме ҳәм кәрханалар дизими 2-қосымшаға муўапық;

г) Пуқараларды жәмийетлик жумысларға қатнастырыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаўды шөлкемлестириў бойынша районлық исши топар қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

2. Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл  5-октябрьдеги 799-санлы қарары менен тастыйқланған «Ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Режениң бюджет мәкемелери ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға жиберилген жумыссыз ҳәм бәнт емес пуқаралардың ис-ҳақысының 100 пайызы муғдарын қаржы менен тәмийинлеў жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши мәмлекетлик қоры есабынан әмелге асырылыўы;

Басқа кәрхана, исбилерменлик субъектлери ҳәм фермер хожалықларына ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға жиберилген жумыссыз ҳәм бәнт емес пуқаралардың ис-ҳақысының 50 пайызы муғдарын қаржы менен тәмийинлеў, жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши мәмлекетлик қоры есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.

б) Өзбекистан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамының 23-статьясына муўапық жумыссыз деп табылған пуқараларды 2020-жылда кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаўды шөлкемлестириў қаржылары жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши мәмлекетлик қоры есабынан әмелге асырылыўы есапқа алынсын.

3. Пуқараларды жəмийетлик жумысларға қатнастырыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаўды шөлкемлестириў бойынша исши топары район аймағындағы жумыс излеўши сыпатында дизимге алынған пуқаралар ушын ҳақы төленетуғын жəмийетлик жумысларды шөлкемлестиретуғын  мəкеме ҳәм кәрхана басшылары жумыссыз деп табылған пуқаралар  ушын жумыс орынларының көрсетип өтилген муғдарын белгиленген мүддетлерде ҳәм тәртипте жаратылыўын ҳәмде жумыс орынлары санитария-гигиена нормаларына ҳәм жумысшы өз миннетлерин биймəлел орынланыўын тәмийинлейтуғын мийнет шәраятларын жаратыў тәмийинленсин.

4. Районлық Бəнтликке көмеклесиў орайы (Р.Галиакберов) ҳәм исши топары усы шешимди тийисли кəрхана ҳәм шөлкем басшыларына ҳәм орынланыўы үстинен қатаң қадағалаўды тәмийинлесин.

5. Район ҳәкиминиң 2019-жыл 14-марттағы «Пуқараларды жумысқа орналастырыў, жəмийетлик жумысларға қатнастырыў, кəсипке таярлаў ҳаққында»ғы 506/3-санлы шешими («Шоманай нуры» газетасы, 2019-жыл  31-май №20 (5406 сан) 2019-жыл 31-декабрьден өз күшин жойтқан деп есаплансын.

6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Ходжаметовқа жүкленсин.

7. Шоманай районы ҳәкиминиң Баспа сөз хаткери Ю.Сейдуллаев, «Шоманай нуры» газетасы бас редакторы Қ.Наўрызовқа усы шешимди «Шоманай нуры» газетасы ҳәм www.Shumanay.rk.uz веб сайтында  жəриялаў усыныс етилсин.

8. Бул шешим районлық «Шоманай нуры» газетасы  ҳәм www.Shumanay.rk.uz веб сайтында рәсмий жəрияланған күннен баслап күшке киреди.

Шоманай районы ҳәкими                                          Б.Янгибаев

1-қосымша

Район аймағындағы 2020-жылда ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларды шөлкемлестириў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша қадағалаў                                              КӨРСЕТКИШЛЕРИ

Ҳақы төленетуғын жəмийетлик  жумысларда қатнасады Кәсипке таярлаўға жибериледи
Соннан Соннан
Жами I шерек II шерек III шерек IV шерек Жами I шерек II шерек III шерек IV шерек
784 235 157 157 235 60 12 18 18 12

2-қосымша

Район аймағындағы 2020-жылда шөлкемлестирилетуғын ҳақы төленетуғын  жәмийетлик жумыслар саны, түри ҳәм шөлкемлестиретуғын  мәкеме ҳәм карханалар

ДИЗИМИ

Қ/с Ҳақы төленетуғын жəмийетлик жумысларды шөлкемлестириў түрлери Жəмийетлик жумысларға қатнасыў-шылар I шерек II шерек III шерек IV шерек
саны түри
1 Үй-жай коммунал, уй-жай коммунал инфраструктура-ларын қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў. 18   10 3 2 3
2 Өзин-өзин басқарыў уйымлары, аўылды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў. 323   116 97 68 42
3 Аўыл хожалығы мəўсимлик жумыслары. Суўғарыў-млорациятармақла-рын курыў, реконсрукция етиў ҳәм техник хызмет көрсетиў   419   97 55 80 187
4 Исбилерменлик субъектлери-ниң буйыртпаларына тийкар хызмет көрсетиў тараўындағы жумыслар. 25   12 3 7 3
5 Майыплар, кекселер, наўқаслар ҳәм басқалар күтимине  мутəж            
6 Социаллық-мадений ҳам тарийхый объектлерди, қорғалатуғын табийий ҳудудларды қорыў, реконструкция  қылыў ҳам онлаў жумыслары            
7 Екилемши шығындыларды топлаў ҳәм қайта ислеў жумыслары.            
Жәми              

3-қосымша

Пуқараларды жəмийетлик жумысларға қатнастырыў, кəсипке таярлаў ҳəм қайта таярлаўды шөлкемлестириў бойынша

РАЙОНЛЫҚ ИСШИ ТОПАР ҚУРАМЫ

Ф.И.Ә Лаўазымы
1. Қ.Ходжаметов Район ҳəкиминиң биринши орынбасары, исши топар баслығы  
2. Р.Галиакберов Районлық бəнтликке көмеклесиў орайы директоры  
3. А.Каримов Районлық статистика бөлими баслығы    
4. А.Сейтжанов Районлық экономика ҳəм санаат бөлими баслығы  
5. А.Султанов Районлық Қаржы бөлими баслығы    
6. Н.Жадигеров «Махалла» қоры районлық бөлими баслығы    
7. М.Нарбаев «Жаслар аўқамы» районлық Кеңеси баслығы    

Skip to content