Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқаралардан талап етилетуғын мағлыўматнамалар кескин түрде қысқартылмақта

Пуқаралардан талап етилетуғын мағлыўматнамалар кескин түрде қысқартылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-февралдағы “Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын жәнеде комплекс раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында” ғы ПҚ-4193-санлы қарарына тийкар 2019-жыл 1-августан баслап төмендеги 5 түрдеги мағлыўматнамаларды физикалық шахслардан мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен талап етилиўи қадаған етиледи.

1. Физикалық шахслардан жамғарылып барылатуғын пенсия дәптершелери

2. Салық ҳәм басқа мәжбурий төлемлер бойынша қарзы бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўматнамалар

3. Салық төлеўшиниң есапқа қойылғанлығы ҳаққында гуўахнамалары

4. Төленген дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққындағы мағлыўматнамалар    

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў сыпатын жәнеде реформалаў, артықша қағазбазлық көлемин жоқ етиў ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери искерлиги нәтийжелигин артыррыў, бюрократиялық тосықларды сапластырыў ҳәмде 2017—2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды кеңнен әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-декабрдеги “Бюрократиялық тосықларды жәнеде қысқартыў ҳәмде мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери искерлигине заманагөй басқарыў принциплерин енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ–4546-санлы, қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық 2020-жыл 1-январдан баслап мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен пуқаралардан талап етилиўи, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен берилиўине жол қойылмайтуғын 28 түрдеги мағлыўматнаманы талап етиў қадаған етилди. Булар тийкарынан; 

1. Жасаў орнынан мағлыўматнама

2. Арза бериўши жасаў орны бойынша жасап атырғанлығы (дизимнен өткерилгенлиги) ҳаққындағы  мағлыўматнама.

3.Турақлы ҳәм ўақтыншалық дизимнен өтип жасаўшылар саны ҳаққындағы мағлыўматнама.

4. Турақлы жасаў орнында жасап атырған мүддети көрсетилген мағлыўматнама.

5. Жасаўшы шахслар санын тастыйықлайтуғын мағлыўматнама.

6. Турақ жайда жасаўшы шахслар көрсетилген ҳалда мағлыўматнама.

7. Арза бериўши жасаў орны бойынша бир өзи жасаўы (дизимнен өткерилгенлиги) ҳаққындағы мағлыўматнама.

8. Пуқараның жалғыз жасап атырғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

9. Шаңарақ ағзаларының пенсионер менен ол қайтыс болған күнине шекем биргеликте жасап турғанлығы ҳалатын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

10. 80 жасқа толған, өзгениң күтимине мүтәж болған кексе жастағы адамға күтим берген ўақтын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

11. Қарамағында мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзалары барлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

12. Қайтыс болған бағыўшының қарамағандағы шаңарақ ағзалары қурамы ҳаққындағы мағлыўматнама.

13. Қайтыс болған хызметкер менен ағайинлик дәрежесин тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

14. Жеке жәрдемши хожалықларында жумыс ислеўши пуқаралардың бәнтлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

15. Шахс ҳақыйқаттан да майыпқа күтим берип атырғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

16. Жумыссызлық ҳаққындағы мағлыўматнама.

17. Қайтыс болған бағыўшының ата-аналары, өмирлик жолдасы, апасы, атасы, аға-иниси, апа-сиңлисинен бири қайтыс болған бағыўшының балалары, аға-инилери, апа-сиңиллери ямаса ақлықларын, жумыс ислеўшилерге балаға қараў ушын ис ҳақы сақланбаған ҳалда дем алыста болыў ҳуқықын беретуғын жасқа толғанға шекем күтим бериў менен бәнт болғанлығын ҳәм жумыс ислемейтуғынлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.    

18. Қайтыс болған шахстың ата-аналары, өмирлик жолдасы ямаса шаңарақтың басқа ағзасы қайтыс болған шахстың үш жасқа толмаған балалары, аға-инилери, апа-сиңиллери ямаса ақлықларына күтим бериў менен бәнт болғанлығын ҳәм жумыс ислемегенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

19. Хызметкердиң қарамағында болған шаңарақ ағзасы қайтыс болған жағдайда напақа тайынлаў ҳаққындағы мағлыўматнама.

20.Туўылғанлық ҳаққындағы тәкирарий гуўалықларды алыў ушын ер жетпеген шахстың ямаса паспорт алмаған шахстың фотосүўрети жабыстырылған мағлыўматнама.

21. Қәўендерликке алынғанларды тәмийинлеў ҳәм оларды зәрүр дәрежеде күтим бериў бойынша ағайинлериниң күтим бере алатуғынлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

22. Қәўендер ямаса ғамқор болыў қәлеўин билдирген жумыс ислемейтуғын шахслар ушын мағлыўматнама.

23. Жеке жәрдемши хожалығында қарамал барлығы ямаса аўыл хожалык өнимлериниң басқа түрлерин жетистириў менен бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматнама.

24. Өзи таярлаған товарлардың усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўы ушын шараятларға ийе екенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

25. Кеселликке шалынған (туберкулёз, тери-венерик кеселликлердиң аўыр көриниси, қантлы диабеттиң ириңли асқыныўы, псориаз) ҳаяллардың бөлек ханада жасаўы кереклиги ҳақкындағы мағлыўматнама.

26. Кем тәмийинленген шаңарақта жалғыз өзи еки ҳәм оннан артык ер жетпеген перзентлерин тәрбиялап атырған ҳаяллар ҳаққындағы мағлыўматнама.

27. Жазаны өтеў орынларынан азат етилген, сондай-ақ, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаға ҳүким етилген шахслардың минезлемеси менен мағлыўматнама.

28. Жерлеў мәресими өткерилгенлиги ҳалатын тастыйықлаў ушын мағлыўматнама.

А.Галиакберов

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры.

Skip to content