Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Прокурор ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди

“Прокурор ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди

Усы жылдың 12 февраль күни “Кетенлер” аўыл пуқаралар жыйыны имаратында “Прокурор ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда Шоманай районы прокуроры орынбасары И.Самамбетов, район ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахманов, Өзбекстан Республикасы Бас Ўәзириниң Шоманай районындағы Исбилерменлер мүрәжәтлерин көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы А.Мухятдинов, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы М.Нарбаев, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм “Кетенлер” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 50 ден аслам жаслар қатнасты. Ушырасыўдан мақсет Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2019-жыл
27-декабрь күнги Ташкент қаласындағы Мухаммед  ал-Хорезмий атындағы мектепте Республикамыздың бир қатар белсенди жаслары менен ушырасыўында белгилеп берген бир қатар ўазыйпалар, жаратып берген имкәниятлар менен жасларды таныстырыў, Президентимиздиң Олий Мәжилиске жоллаған мүрәжәтнамасында «Өзбекстан жаслары – 2025» концепсиясның ислеп шығыўы ушын усыныс билдиргени бул Президентимиздиң елимиздиң жасларына болған аталарша ғамқорлығын жасларға жеткериў, сондай ақ жаслар арасында ушырасып атырған машқалаларға унамлы шешим табыўы ушын жақыннан жәрдем бериў болып табылады. Ушырасыўда жаслар тәрепинен 8 усыныс билдирилди, 6 усыныс унамлы шешимин тапты ҳәм 2 усыныс қадағалаўға алынды. Ушырасыў соңында аймақтағы көплеп белсенди жаслар хәм ушырасыўға белсене қатнасқан бир қатар жасларға Жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен китап ҳәм журналлар саўға етилди.

Skip to content