14 февраль күни районымыздағы Агроэкономика кәсип-өнер коллежинде “Суд ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Е.Абибуллаев, Шоманай районы ҳәкимшилик ислери бойынша суды баслығы А.Қосжанов, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы М.Нарбаев, Шоманай Агроэкономика кәсип-өнер коллежи жаслар жетекшиси М.Айтбаев, коллеждиң оқыўшы жаслары ҳәм оқытыўшылары қатнасты.
Ушырасыўдан мақсет Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Олий мәжлиске жоллаған мүражатнамасының мазмун мәнисин жасларға түсиндириў, жаслар ҳәм жас өспиримлер ортасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, Суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислерди жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў болып есапланады.
Ашық сәўбет тәризинде өткерилген бул ушырасыўда жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен анық жуўаплар алды. Ушырасыўда жәми 63 оқыўшы жаслар ҳәм оқытыўшылар катнасты.