Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пикирлерге толы ушырасыў

Пикирлерге толы ушырасыў

Районымыздағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Нәшебентлиике қарсы гүресиў айлығы” шеңберинде оқыўшылар арасында нәшебентликтиң аўыр ақыбетлери, жаслар арасында ушырасып атырған ҳәр қыйлы жаман иллетлерге қарсы гүресиў ҳәмде жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Шоманай районы Ишки ислер бөлими қәнигелери қатнасып қатнасыўшыларға нәшебентлик “әсир кеселлиги” деп есапланатуғынлығы, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиўге өспиримлик дәўирден әмел етиў ҳәм бос ўақытларынан үнемли пайдаланыў кереклиги бойынша кеңнен түсиниклер берди.     Ушырасыў соңында окыўшылар өзелирин қызықтырған сораўларға тийисли қәнигелер тәрепинен жуўаплар алып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен “Әжел шеңгели” атлы видеоролик қойып берилди.

Skip to content