13-февраль күни Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелерара комиссиясының 2019-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларының жуўмақларына бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисте комиссия ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери, улыўма билим бериў мектеп директорлары, директор орынбасарлары, психологлар, аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәмде Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери басшылары қатнасты. Мәжилисти Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары, комиссия баслығы орынбасары А.Қайпназаров алып барды.
Мәжилисте атап өтилгениндей 2019-жыл даўамында Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы ПҚ-2833-санлы Қарары менен тастыйықланған “Жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелер ара комиссиялары ҳаққында”ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасының 2010-жыл 29-сентябрь күнги «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы Нызамы талапларына тийкар, жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў, жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық, қараўсызлық, ҳуқықбузарлықлар ҳәм басқада унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў ҳәмде комиссия ағзаларының жумысларын еледе жеделлестириў мақсетинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берди.
Өткен жыл даўамында жол қойылған қате-кемшиликлердиң алдын алыў мақсетинде комиссия ағзаларына ўазыйпалар белгилеп берилди ҳәмде комиссия ағзалары район аймағындағы аўыл ҳәм мәҳәлле пуқара жыйынларына бекитилди. Мәжилис соңында Жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелерара комиссиясының 2020-жыл даўамында әмелге асыратуғын жумыслар бойынша ис-режеси тастыйықланды.