2020-жыл 12-февраль күни Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы А.Аяпов тәрепинен Шоманай районы ҳәкимиятында Шоманай районы аймағындагы фермер хожалықлардың кредит қарыздарлықларын өндириў бойынша көшпели суд мәжлиси болып өтти.
Мәжлис барысында кредит шартнамасы мәжбуриятлары ҳәм оны орынламаслық әқибетлери бойынша тусиник берип өтти.
Сондай-ак, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-декабрьдеги “Конституция ҳәм нызам устинлигин тәмийнлеў, бул бойынша жәмийетлик бақлаўды кушейттириў ҳәмде жәмийетте ҳуқықый мәдениятты асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-4551-санлы Қарары мазмунына тоқталып өтти. Жыйналыс соңында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли жуўапларын алды.