Халық депутатлары Шоманай районлық Кенесине 6-“Мамый” сайлаў округинен депутат Т.Ерназаров сайлаўшылар менен ушырасты.
Ушырасыўдың тийкарғы мақсети пуқаралардың машқалаларын анықлаў, олардың унамлы шешимин табыў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы ағзаларына билдирген Мүрәжәтнамасында атап өтилген 2020-жыл даўамында мәмлекетимизди социал-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли жөнелислери менен пуқараларды жақыннан таныстырыў болып есапланады. Ушырасыўда пуқаралардың көплеген машкалалары тыңланып, көпшилик сораўларға сол орынның өзинде жуўаплар берип, айырым мәселелерди депутатлық сораўлар жибериў арқалы унамлы шешимин табыў мақсетинде белгилеп алынды.