Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районында усы жылдың 7 февраль күни режеге тийкар районлық ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор баслығы Полат Искендеров басшылығында “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 15-санлы мектепте аймақтағы бәнт болмаған жаслар менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, “Жаслар келешегимиз” жамғармасы районлық филиалы, районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы, мәкеме кәрхана ҳәм шөлкем басшылары сондай ақ 150 ден артық жаслар қатнасты.
Ушырасыўдан мақсет Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2019-жыл 27-декабрь күнги Ташкент қаласындағы Мухаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте Республикамыздың бир қатар белсенди жаслары менен ушырасыўында белгилеп берген бир қатар ўазыйпалар, жаратып берген имканиятлар менен жасларды таныстырыў, Президентимиздиң Олий мәжлиске жоллаған мүражатнамасында «Өзбекстан жаслары – 2025» концепсиясның ислеп шығыўы ушын усыныс билдиргени бул Президентимиздиң елимиздиң жасларына болған аталарша ғамқорлығын жасларға жеткерип қойыў болып есапланады.
Сондай ақ ушырасыўда районлық ишки ислер бөлими баслығы П.Искендеров тәрепинен аймақта жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша тийисли қәнигелерге тапсырмалар берип өтти ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме сергек болыўға шақырып қалды.
Ушырасыўда бир қатар жаслар пикир ҳәм усыныслар билдирди ҳәм 3-сектор баслығы тәрепинен келип түскен усынысларға унамлы шешимлер билдирип өтти. Жаслардан келип түскен усынысларды инабатқа алып 3-сектор аймағында Ишки ислер бөлими баслығы кубоги ушын спорт жарыслары өткерилетуғын болды
Ушырасыў соңында 3-сектор аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Профилактика инспекторларына жәрдемши болып жүрген, мәҳәллениң тынышлығы ушын хызмет етип атырған “Пидайы жаслар” потруллық топарының белсенди ағзалары қошаметленди.