Múrájat ushın isenim telefonı

background

Алишер Наўайының 579 жыллығы Шоманайдың ең шетки аўылында кең түрде нышанланды

Алишер Наўайының 579 жыллығы Шоманайдың ең шетки аўылында кең түрде нышанланды

Алишер Наўайының 579 жыллығына арналған руўхый-ағартыўшылық иләжлар елимиз бойлап кең нышанланбақта.

Усы жылдың 7-февраль сәнесинде Шоманай районы «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебинде Алишер Наўайының 579 жыллығына арналған иләж шөлкемлестирилди. Иләжға Сенатор Г.Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Қәўипсизлик басқармасы, Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, мектеп оқыўшылары, ата-аналар, устазлар ҳәм аўыл пуқаралары қатнасты

Шоманайдың ең шетки мектебинде жаратылған имкәниятларды, билимли, шаққан ҳәм зийрек оқыўшыларды көрип қәбилетли жаслар аўылдан шығатуғынлығына және бир мәрте исеним қабыл еттим дейды Сенатор Г.Аннақлычева. Иләж даўамында мийманлар қутлықлаў сөзлерин билдирип Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Қәўипсизлик басқармасы тәрепинен таярланған 200 ден артық әдебий китаплар мектеп китапханасы ҳәм оқыўшылар ушын саўға етилди.

  Оннан соң мектептиң қәбилетли оқыўшылары тәрепинен таярланған Алишер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған сақналық көринислерин мийманлардың нәзерине усынды. Бул иләж мийманларға ҳәм аўыл халқы ушын көтеринки кейпият бағышлады.

Skip to content