Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў барысында “бир айна” принципи бойынша басқышпа-басқыш енгизилип атырған хызметлер жыл сайын артып, исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралар ушын бир неше хызмет түрлерин бир жердиң өзинде алыў имканияты пайда болмақта. Бул болса өз гезегинде халқымыздың мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўына исениминиң артыўына себеп болмақта.
Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери буннан былай ҳәр қыйлы мәкемелерге әўере болмастан тийисли ҳүжжетлер менен орайға мүрәжат етиў арқалы өз машқалаларының (жумысларының) унамлы орынланыўына ериспекте.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы өткен 2019-жыл даўамында 70 тен артық түрдеги хызметлерден 30 мыңнан аслам хызметлер көрсетилген болса, 2020-жылы болса орай арқалы көрсетилетуғын хызметлердиң түри және артыўы күтилмекте.
Деген менен, айырым ўәкилликли уйымлар тәрепинен мүражатларды көрип шығыў барысында жол қойылған нызам бузылыўшылық ҳалатлары да ушыраспақта. Келешекте бундай жағдайларды сапластырыў ҳәм болдырмаў иләжларын көриў бойынша район ҳәкимлиги киши мәжлислер залында ўәкилликли уйымлардың жуўаплы хызметкерлери менен биргеликте сәўбетлесиў өткерилди.
Сәўбетлесиў барысында орай бас қәнийгеси Т.Даўлетмуратов шығып сѳйлеп, бул бағдарда сәўбетлесиў қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019 жыл 9-декабрь күнги ПҚ-4546-санлы қарарының мазмун-мәниси менен кең түрде таныстырып өтти.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер кѳрсетиў тараўында нызам бузыўшылық ҳалатлары анықланған жағдайда оларға ҳәкимшилик жаза шарасы қоланыў Өзбекстан Республикасының “Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында”ғы Кодекстиң 215-статьясы 2155-статьясына муўапық тийисли шаралар қолланылыўы нәзерде тутылған болып, бунда Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң арза бериўшиниң мүражатын қабыл қылыўдан тийкарсыз бас тартыў, мүражатларды көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддетлери бузылғанда, арза бериўшиден нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған хүжжетлерди талап қылып алғанлық, Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның нызамлы талабын орынламаў-бул лаўазымлы шахсларға ҳәм хызметкерлерге ең кем ис ҳақының үш есесинен бес есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.
Егерде тап усындай нызамбузыўшылық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан соң бир жыл даўамында тәкрарланса бул лаўазымлы шахсларға ҳәм хызметкерлерге ең кем ис ҳақының бес есесинен он есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.
Сонда-ақ, усы Кодекстиң жаңадан толықтырылған 2455-статьясы “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министирлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлери агентлиги уйымлары” деп аталып, Ɵзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги уйымларына усы кодекстиң 215-5-статьясында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқуқбузарлықлар ҳаққындағы ислерге тийисли.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги уйымлары атынан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳақкындағы ислерди көрип шығыўға ҳәм жәрийма тәртибинде ҳәкимшилик жаза шараларын қоллаўға төмендегилер ҳақылы:
Ɵзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги директоры ҳәм оның орынбасарлары;
Ɵзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги аймақлық басқармаларының баслықлары, олардың орынбасарлары.
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў барасында бүгинги күнге шекем Өзбекстан Республикасы “Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында”ғы кодекстиң 215-5-статьясы менен 2019-жыл даўамында Шоманай районы қурылыс бөлими жуўаплы хызметкерлерине, 2020-жылы Қарақалпақстан Республикасы “Жер мүлк кадастр” Мәмлекетлик кәрханасы Шоманай районы филиалы “Ҳәкимшилик шарасы қолланылды” яғный ең кем ис ҳақынын үш есеси муғдарында ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылды.
Буннан соң район ҳәкиминиң орынбасары У.Таджимуратов шығып сөйлеп, ҳәкимшилик шара қоланылған шахсларға ҳәм ўәкилликли уйым хызметкерлерине алдағы ўақытларда бундай унамсыз жағдайларды болдырмаў, мүрәжатларды көрип шығыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған ҳәкимшилик Регламентлер, әмелдеги басқада норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерине қатаң әмел етиў бойынша түсиниклер берди.