Усы жылдың 5-февраль күни Шоманай районы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Әскерий хызметкерлер ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўға Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Арқа батыс әскерий округи командири Полковник Дилшод Чориев, Нөкис әскерий прокуроры жәрдемшиси әдиллик майоры Қурбановлар ҳәм Арқа батыс әскерий округи мүддетли әскерий хызметшилер мектеп оқыўшылар ҳәм бәнт болмаған жаслар қатнасты. Ушырасыўды район ҳәкими Б.Янгибаев кирис сөз бенен ашып берди. Соң Арқа батыс әскерий округи командири Полковник Дилшод Чориев мәмлекетимизде әскерий тараў бойынша қолға киргизилген бир қанша жетискенликлер, Президентимиз тәрепинен әкерлерге берилип атырған имкәниятлар ҳаққында атап өтти.
Буннан соң жаслар тәрепинен әскерий тараў бойынша сораўлар берилип ашық сәўбетлесиў менен даўам етти. Сәўбетлесиўде мектеп оқыўшылары өзлериниң келешекте әскер болып ўатанды қорғаўын, ел тынышлығы ушын аянбай хызмет ететуғынлығын билдирди. Арқа батыс әскерий округи мүддетли әскерий хызметшилер тәрепинен таярланған қураллы көргизбелер, әскерий саҳналық көринислер, оркестр музыкалары ҳәм де мектеп оқыўшыларының қызықлы қосық ҳәм ойынлары қатнасыўшылардың Ўатанға деген сүйиспеншилигин, мухаббатын, ҳәм де өз елиниң тынышлығын қорғаўдай уллы кәсипке деген исенимин оятты.