Шоманай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Ходжаметов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы С.Данияров, күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли мекеме шөлкем коммерциялық банк филиаллары басшылары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрь күнги “Шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик дәстүрлери шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жеделлестириўдиң қосымша ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4498-санлы қарары тапсырмаларының орынланыўы ҳәмде Шоманай районында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың мүрәжәтлерын тыңлаў, ушрасып атырған мәселе машқалаларын унамлы шешимин табыў илажлары ҳаққында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға райондағы исбилерменлер, тийисли мекеме ҳәм кәрхана шөлкемлер басшылары қатнасты.