Ушырасыўдан соң райондағы Бегжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шоманай Экотекс» кәрханасы ҳәм «MERIDIAN» «RONAOMAD» ЖШЖ палыз өнимлерин жетилистирип бериўши ыссыханаларға саяхат шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында бәнт болмаған жаслардан жумыс пенен тәмийнлеп бериўи бойынша келип түскен мүрәжәтлери орнында унамлы шешимин таўып, бәнт болмаған 3 жас Өмирбаев Дәўлетмурат, Зәрипбаев Темур, Юсупбаев Сапарниязлар «Шоманай Экотекс» кәрханасына жумысқа жайластырылды.