Ѳзбекстан Республикасынан басқа сырт ел мәмлекетлерине барыў ушын әлбетте шегаралардан ѳтиледи. Сырт ел мәмлекетлерине кимдур қолында ѳнери бар болып жумыс ислеўге барса, кимдур қыдырыў мақсетинде, ал айырымлары оқып билим алыў ушын барады. Ҳәр бир мәмлекеттиң жер майданларын ҳәм аймақларын белгилеп турыўшы шегаралары бар.
Физикалық шахслардың шегарадан ѳтиў тәртиби нызам ҳүжжетлерде белгилеп берилген. Егерде пуқаралар Ѳзбекстан Республикасы ямаса басқа да шегаралас мамлекетлер шегарасынан нызамсыз түрде ѳтсе Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексине тийкар жынаий жуўапкершиликке тартылады. Ҳүрметли пуқаралар шегарадан нызамсыз түрде ѳтип ѳзиңиз ямаса ѳзиңизге жақын адамлардың ѳмирине қәўип туўдырмаң.