Кем тәмийнленген шаңарақ перзентлерин социяллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде 27-январь күни Шоманай районы ҳәким секторында Ақжап АПЖ аймағындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшылары Нарыбаев Ықлас ҳәмде Рейимбаев Мейрибеклерге Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен пуқаралық паспортлары алып берилди. Пуқаралық паспортын алыў жасына жеткен жасларға пуқаралық паспортларын район ҳәкими Б.Янгибаев салтанатлы түрде тапсырды.