Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқаралар мүрәжетлерине Район ҳәкимлиги рәсмий жуўабы

Пуқаралар мүрәжетлерине Район ҳәкимлиги рәсмий жуўабы

Усы жылдың 26-январь күни Шоманай районы «Наўрыз» мәкән пуқаралар  жыйыны  «Сайпназаров»  кѳшеси  турғынларының  «Машқала ҳәм кемшиликлер»  телеграмм  каналы арқалы жоллаған мүрәжети бойынша тийисли тәртипте район ҳәкимлиги , Шоманай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм Шоманай районы «Наўрыз» мәкән пуқаралар жыйыны қәнийгелери қатнасында үйрениў жумыслары алып барылды.

Үйрениў даўамында аймақ турғынлары тарепинен кѳше жоллары оңлап бериў соралды. Бул бойынша пуқараларға 2020-жылдың ишки жолларды оңлаў дәстүрине муўапық, «Наўрыз» мәкән пуқаралар жыйыны «Сайпназаров»  кѳшесиниң 0,3 км аралығына оңлаў жумысларын алып барыў белгиленгенлиги ҳәм дәстүр тийкарында кѳше жолына оңлаў жумыслары алып барылатуғынлығы түсиндирилди.

Шоманай районы баспа сѳз хызмети

Skip to content