Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бөлими имәратында қайта қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды

Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бөлими имәратында қайта қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды

 2020-жыл 27-январь күни Шоманай районы Моншақлы МПЖ аймағында жайласқан Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бөлими имәратында қайта қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылып пайдаланыўға тапсырыў мақсетинде салтанатлы ашылыў мәресими болды. Салтанатлы ашылыўға Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Мәжбүрий орынлаў бюросы басқарма баслығы А.Юлдашев, басқарма баслығы орынбасары Б.Бабатаев ҳәм сектор басшылары, Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бөлими баслығы ҳәм хызметкерлери қатнасты. Оңлаў жаумысларын тендер тийкарында “Нукус капитал конструкцион” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жеңип алып, жәми баҳасы  2 миллиард 435 миллион 985 мың сўмлық қайта қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды.

Бөлим хызметкерлерине қолайлықлар жаратыў мақсетинде бөлимниң административлик имәратының ханалары кеңейтирилип, хызмет сапасын жақсылаў мақсетинде шийше талшықлы линиялар тартырды, ысытыў системалары менен ишимлик суў тармақлары толық жаңаланды. Хызметкерлерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде мийманхана имәраты тазадан қурып питкерилип, толық таза мебельлер менен тәмийинленди. Пуқараларды қабыллаў қадағалаў имәраты, Қоймахана ҳәм бокс бастырмасы тазадан қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды

Skip to content