Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаңабергенов Дәўлетғалий «Ең жақсы ҳүжимши» номинациясын қолға киритти

Жаңабергенов Дәўлетғалий «Ең жақсы ҳүжимши» номинациясын қолға киритти

Усы жылдың 26-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт залында ϴзбекстан жаслар аўқамы аймақлық, қала, район Кеңеслери, билимлендириў орынларындағы басланғыш шѳлкем жетекшилери ортасында, жаслар менен ислесиўди нәтийжели әмелге асырыў бойынша Бес аҳмийетли басламаның орынланыўына қаратылған спорттың мини футбол түри бойынша “Дослық спартакиадасы” спорт жарысы шѳлкемлестирилди. Жарыста қала ҳәм районлардан жәми 14 команда қатнасты. Жарыс нәтийжелерине кѳре Шоманай районынан қатнасқан команда ағзасы Жаңабергенов Дәўлетғалий Бахтығалийевич «Ең жақсы ҳүжимши» номинациясын қолға киритти ҳәм ϴзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпағыстан Республикасы Кеңеси тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Skip to content