Múrájat ushın isenim telefonı

background

Футбол бойынша район бириншилиги болып ѳтти

Футбол бойынша район бириншилиги болып ѳтти

Президентимиз басламасы менен илге сүрилген Бес басламаның екинши бағдары жасларды физикалык шынықтырыў, олардың спорт тараўындағы қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шәраятлар жаратып бериў мақсетинде Шоманай районында 21-25 январь кунлери аралығында ХББ не қараслы улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары арасында спорттын футбол түринен жарыс болып ѳтти.

Жарысқа жәми 250 оқыўшы қатнасты. Жарыс Шоманай районы  Ҳәкимшилиги, ϴзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кенеси, Шоманай районы Дене тәрбия ҳәм спорт бѳлими, ХББ тәрепинен шѳлкемлестирилди. Жарыс жуўмағында 1-орынды   1-мектеп командасы, 2-орынды 15-мектеп  командасы, 3-орынды 19-мектеп командалары жеңип алды ҳәм шѳлкемлестириўшилер тәрепинен «Ҳүрмет жарлық» ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Skip to content