Ўақтында тонна тонна балықларды тасып, толқынлар менен сырласып, бирин-бири қуўып ойнап жүрген кемелер бүгин ембеклеўди үйренип атырған баладай суўға қарай умтылғысы келеди. Оның наласын сезгендей болдым.
Суўсыз тат басқан темирлер ҳәзир зыярат майданының кѳргизбесине айналған. Арал теңизиниң қурығанын еситтим, суўретлерин кѳрдим бирақ, биринши мәрте ѳз кѳзим менен кѳргенимде я қумлы самалданба кѳзиме жас келди.
Бул 30 жылда биринши мәрте кѳргеним мен ушын қуўанышпа я қайғыма? Қумлы майданда тек қабырғалары қалған кемелер, сыртына саяхатшылар қалдырған жазыўларды жуўғысы келип турғандай дамеси бар. Бул кемелердиң дәмеси.
Шоманай районы ҳәкимниң баспа сѳз хаткери: Юсуп Сейдуллаев