Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесине 6-санлы “Мамый” сайлаў округи депутаты Т.Ерназаров басламасы менен O’zLiDeP Шоманай районлық Кеңеси менен биргеликте “Мамый” АПЖ аймағында жайласқан “Инвест Сервис Шоманай” жеке-меншик кәрханасына аўыл жасларының бизнес саяхаты шөлкемлестирилди. Ушырасыўдан мақсет жаслардың исбилерменликке қызығыўшылығын арттырыў, жасларға мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменликти қоллап қуўатлаў мақсетинде жаратылған имкәниятлар ҳақққнда мағлқўмат бериў ҳәмде кәрхананың жумыс барысы менен жақыннан таныстырыў болып есапланады.
“Инвест Сервис Шоманай” жеке-меншик кәрханасы 2015-жылы шөлкемлестирилип, кәрхананың тийкарғы жумыс түри полипропилен қалталарын ислеп шығарыў болып есапланады.
“Инвест Сервис Шоманай” жеке-меншик кәрханасы шеңберинде полипропилен жиплерин ийириў цехы бар болып кәрхананың тийкарғы бөлими есапланады. Кәрханада жәми 20 адам жумыс пенен тәмийинленген болып олардан 1 басқарыўшы, 1 инженер-техник қәнигелер ҳәм 18 жумысшылар болып есапланады.
Жумысшылырдың орташа айлық муғдары 700 мың сумды қурайды, Кәрханадағы әспаб-үскенелердиң улыўма баҳасы 134 мың АҚШ долларын қурап, олар ең соңғы заманагөй технологиялар болып жумыс өнимдарлығын жоқары ҳәм сапалы болыўын тәмийинлейди.
Кәрхана тәрепинен 2019-жылда 1,929,471 дана полипропилен қалталар ислеп шығарылды.
Ушырасыў даўамында жасларға кәрхана басшысы тәрепинен жумысшылар ушын жаратылған имкәниятлар ҳәмде жумыс өнимдарлығын жоқары ҳәм сапалы болыўы ушын келешекте әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.