2020-жыл 24-январь күни Шоманай Агроэкономика колледжиниң питкериўши жаслары ишки туризмди раўажландырыў бойынша Мойнақ районында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңадан бой тиклеп атырған имәратлар ҳәмде тарыйхий естеликке айналған кемелер қабиристанындағы кемелерди кѳриў мақсетинде саяхат шѳлкемлестирди.
Саяхат даўамында Мойнақ районындағы тазадан иске түсип атырған социяллық обьектлер, музейлер, Жаслар орайы, тигиў фабрикалары, Амфитеатр сыяқлы имәратларына барып танысып шықты.