ϴзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң 2020-жыл 20-январь күнги 02-07/51-санлы хатына тийкар жас ѳспиримлер ортасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин асырыў, оқыўшы жаслардың қадағалаўсыз қалыўы ҳәм сабақ ўақтында мақсетсиз жүриўлердиң алдын алыў мақсетинде усы жылдың 23-24-январь күнлери Шоманай районы Ишки ислер бѳлими инспекторлары, Халқ билимлендириў бѳлими қәнийгелери ҳәм жаслар аўқамы районлық Кеңеси қәнийгелери менен биргеликте түнги ўақытлары жас ѳспиримлердиң биймезгил жүриўиниң алдын алыў мақсетинде «Тунги рейд» жумыслары алып барылды ҳәмде Халқ билимлендириў бѳлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде «Оқыўшы» рейдлери шѳлкемлестирилди.
«Тунги рейд» ўақтында ҳеш қандай кеўилсиз жағдайлар ушрамады ҳәм сабақ ўақтында «Оқыўшы» рейд алып барылып базарларда, «Интернет-клуб» ларында ҳәм кѳшелерде себепсиз мектеп оқыўшылар жүргенлиги ушрамады.