ϴзбекстан Республикасы Президентиниң “Ғалаба хабар қураллары ғәрезсизлигин тәмийнлеў ҳәмде мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлер мәлимлеме хызметлери жумысын раўажландырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы 2019-жыл 27-июньдағы ПҚ-4366 санлы қарарына тийкар ϴзбекстан Республикасындағы ҳәр бир Министрлик мәмлекет органлары қала ҳәм район ҳәкимлигинде баспа сѳз хаткери лаўазымы енгизилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги баспа сѳз хызметине райондағы барлық тараўларда ѳткерилип атырған иләжларды жарытып барыў, халыққа тез пәт пенен ҳәм сапалы жеткерип турыў ўазыйпасы жүклетилди. Шоманай районы ҳәкимлиги баспа сѳз хызмети басламасы менен жас кадрларды таярлаў, журналистикаға қызығыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жас репортёрлар клубы шѳлкемлестирилди.
Бүгинги күнде клубқа район ишиндеги улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларынан жәми 22-оқыўшы ағза болып ѳзлериниң қызығыўшылығы бойынша билим кѳнликпелерин беккемлемекте.
Жас репортёрлардың Журналист деген ким? Мақаланы қандай жазамыз? Мақала жазғанда нелерге итибар бериў керек? сыяқлы сораўларына жуўап алыўы ушын семинар-тренинг шѳлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасындағы Kar24.uz сайты журналисти Мубарек Мамутова келип биринши семинар-тренингти баслап берди ҳәм тараў бойынша жас репортёрлар қызықтырған сораўларына толығы менен жуўаплар алды.
Журналистика тараўына қызығыўшы жасларды клубымызға ағза болыўға шақырып қаламыз.