Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мақсетимиз жынаятшылықтың алдын алыў

Мақсетимиз жынаятшылықтың алдын алыў

Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министриниң 2020-жыл 19-январь күнги 1/117-санлы кѳрсетпесине тийкар район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмәәт қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша алып барылыў керек болған жумыслар бойынша жыйналыс болып ѳтти.

Жыйналысқа район ҳәкими Б.Янгибаев, ҚР ИИМ ТЭҚКБ бѳлим баслығы С.Сарыев, ҚР ИИМ ХПБ инспектори А.Бердимуратов, КР ИИВ ЖҚБ хызметкери Н.Атажанов, район прокуроры, район ҳәкими орынбасарлары, район  ИИБ баслығы орынбасарлары ҳәм хызметкерлери, пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў органлары баслықлары, Халық билимлендириў бѳлими хызметкерлери, мекеме ҳәм шѳлкемлер басшылары қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша жыйналысты район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм алып барды. Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ТЭҚКБ бѳлим баслығы подполковник С.Сарыев сѳзге шығып, районда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмәәт қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша аймақларда пуқаралар жыйынлары баслықлары, жәмәәтшилик ўәкиллери қатнасында исши топар дүзиўди ҳәм исши топар ҳәр күни кеминде он шаңарақларды айланып шығыўы бунда аймақлардағы социял жағдайларды үйрениў халықтың жасаў шәраятлары менен танысыў жынаятқа, ишиўшиликке, жәнжелге мейил адамларды анықлап, сондай-ақ узақ мүддет сырт елде жумыс ислеп қайтып келгенлер диний ағымларға ағза болғанлар менен ѳз алдына профилактик сәўбетлер ѳткизип барыўды усыныс етти. Сондай-ақ сектор басшылары менен биргеликте жынаят болған аймақларда жәмәәтшилик ўәкиллери ҳәм халық пенен ушырасыўлар шѳлкемлестирип орнында додалап барыўды айтып ѳтти.

Skip to content