Múrájat ushın isenim telefonı

background

Исбилерменлик бойынша оқыў семинары

Исбилерменлик бойынша оқыў семинары

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августьтеги ПФ-5780-санлы Пәрмәни ҳәмде ПҚ-4417-санлы қарарының 4 ҳәм 8 бәнтлерин орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў Республика Орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша аймақларда шѳлкемлестирилетуғын «Исбилерменлик тийкарлары» оқыў курслары дәстүри ислеп шығылып Министрлер Кабинетиниң 2017-жылғы 8-августтағы 602-санлы Исбилерменлер ушын оқыў курсларын шѳлкемлестириў ҳәм ѳткериў ис-иләжлары ҳаққындағы қарарға «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» «Жаслар-келешегимиз» мәмлекетлик дәстүрлери шеңберинде халықтың кең қатламын исбилерменликке бағдарлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында район ҳәкимликлери мекеме ҳәм шѳлкемлер ҳәм жәмийетлик бирлеспелери шѳлкемлер қатнасыўында семинарлар ѳткериў тапсырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған календар-режеси тийкарынан тийисли Министрлик ҳәм мекемелер хызметкерлеринен Лекторларды қамтыған ҳалда бәрше қала ҳәм районларда халық ҳәм исбилерменлер ушын оқыў курсларын шѳлкемлестириў белгиленген, сол мүнәсибет пенен 22-январь күни Шоманай Агроэкономика колледжинде колледжи питкериўшилери ҳәм исбилерменлер қатнасында семинар-тренинг ѳткерилди.

Skip to content