Múrájat ushın isenim telefonı

background

Аңшыларға ескертиў

Аңшыларға ескертиў

Оқ атар қураллардан пайдаланыў тәртиби ҳәр бир пуқара ϴзбекстан Республикасы миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы, Нѳкис қаласы, барлық районлардағы қорықлаў бѳлими арқалы рухсатнама алып, аңшылық ҳаққындағы билетке ийе болыў керек. Аңшылық ҳаққындағы билетим бар рухсатнамам бар дегени менен аңшыларға берилетуғын жоллама болады. Бирак аң атыўға жолламасы бар аңшылар жолламада кѳрсетилген заттан артық атыў қадаған етилген, 2020-жылдың 5-январьдан 31-январьға шекем бир коян, бир кептер деп белгиленген. Жолламадағы кѳрсетилген аңды атып болғансоң жолламаға белгилеп  қойыў керек екенлиги ескертиледи.  Егерде жолламадағы аңнан артык атылса ҳәкимшилик ҳаққындағы кодекстың 90-статьясы  4-бѳлимине  тийкар жуўапкершиликке тартылады, оқ атар қуралы (мылтығы) болса мәмлекет есабына ѳткериледи. Басқа аң түрлерин аңлаў ушын аңшылық жамийетинен гуўалық (лицензия) алыў керек. Оқ атар қуралларын тийисли сейфте сақлаў керек. Ҳүрметли дослар мәмлекетимиз тәрепинен тастыйықланған нызамларды бузбайық.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Шоманай районы инспекциясы

Skip to content