Múrájat ushın isenim telefonı

background

4-санлы улыўма билим бериў мектебинде саламат турмыс тәризин қәлииплестириў бойынша спорт жарысы болып ѳтти

4-санлы улыўма билим бериў мектебинде саламат турмыс тәризин қәлииплестириў бойынша спорт жарысы болып ѳтти

Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшы жаслардың физиалық қәбилетин жүзеге шығарыў, оларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шѳлкемлестириў мақсетинде спорттың арқан тартыс түринен баслаўыш  ҳәм жоқарғы класслар арасында мектеп бириншилиги шѳлкемлестирилди. Жарысқа мектеп директоры Ж.Айтмуратов, руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Б.Бекназаров, дене-тәрбия пәни оқытыўшысы Г.Хожахметова класс басшылары ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты. Жарыс жуўмағында баслаўыш класслар арасында 3-класс командасы,  Жоқарғы класслар арасында 6 ҳәм 9-класслар командалары жеңимпаз болды  ҳәм шѳлкемлестириўшилер тәрепинен «Ҳүрмет жарлық» ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Skip to content