Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-декабрьдеги «Өзбекстанда футболды раўажландырыўды пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5887-санлы Пәрманында көрсетилген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 17-январь күни Нөкис қаласы «Туран» стадионында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 2003-2004 жылларда туўылған оқыўшылары арасында спорттың футбол түри бойынша Өзбекстан «Ёшлик» Дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң Бириншилиги болып өтти. Бул жарысқа 12 командадан жәми 200ге жақын оқыўшы жаслар қатнасты.
Бул жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет жас өспиримлерди ана-Ўатанға садық етип тәрбиялаў, олардың саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, мектеп оқыўшылары арасында дослық қатнасықты беккемлеў ҳәмде балалар футболын раўажландырыўдан ибарат болды.
Футбол жарысын Қарақалпақстан Республикасы Футбол федерациясы тәрепинен бекитилген төрешилер қурамы ағзалары барлық ойынларды жақсы басқарып барды.
Жүдә шөлкемлескенлик пенен өткерилген футбол бириншилигинде жеңимпаз командалар төмендеги орынларды ийеледи:
1-орын: Шоманай районы.2-орын: Қараөзек районы.3-орын: Әмиўдәрья районы.
Өзбекстан «Ёшлик» Дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бөлими тәрепинен жарыс төрешилери диплом, жарыс жеңимпазлары I-II-III дәрежели диплом ҳәмде баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.