Múrájat ushın isenim telefonı

background

Хәким ҳәм жаслар ушырасыўы

Хәким ҳәм жаслар ушырасыўы

Усы жылдың 16-январь сәнесинде Шоманай Агроэкономика кәсп-ѳнер колледжиниң мәжлислер залында район ҳәкими Б.Янгибаев жаслар менен ушрасты. Ушырасыўға сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, бир қатар мәкеме,кәрхана ҳәм шѳлкем басшылары ҳәмде райондағы ҳәр түрли тараўдағы белсенди жаслар қатнасты.

Ушырасыў күн тәртибинде район ҳәкими Б.Янгибаев ϴзбекстан Республикасы, Қарақалпақстан Республикасы қалаберсе,  Район аймағында ерисилген жетискенликлер, жаслар сыясаты тараўындағы ѳзгерислер, Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған райондағы жасларға ажыратылған имкәниятлар ҳаққында айтып ѳтти. Сол имкәниятлардан үнемли пайдаланбай ўақытын бос ѳткерип атырған жасларды да атап ѳтип, бир қатар  жол койылған қәте-кемшиликлер де айтып ѳтилди.

Ушырасыўда жасларымыз тәрепинен 4 мүрәжәт келип түсти ҳәм сол жердин ѳзинде қадағалаўға алынып ѳз шешимин тапты. Ҳүрметли Президентимиздиң 2019 жыл 27-декабрь күни Ташкент қаласындағы Мухаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте Республикамыздың бир қатар белсенди жаслары менен ушырасыўында белгилеп берген бир қатар ўазыйпалары да айтып ѳтилип, Елимиз басшысының жасларға берип атырған имканиятларынан үнемли пайдаланыўға ҳәм Мәмлекетимиз мәпине жарайтуғындай жаслар болып жетилисиўине шақырып қалды.

Skip to content