Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслардың спорт тараўында қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде спорт жарыслары болып ѳтти

Жаслардың спорт тараўында қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде спорт жарыслары болып ѳтти

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен илгери сүрилген бес аҳмийетли басламаның екинши бағдары «Жасларды физикалық шынықтырыў, олардың спорт тараўында қабилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр имкәниятлар жаратыў» бойынша Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары  ортасында спорттың Баскетбол, Арқан тартыс, Армрестлинг, ДАРТС,  түринен  жарыслар шѳлкемлестирилди.

Спорт жарысларына жәми 160 оқытыўшы ҳәм 664 оқыўшы жаслар қамтып алынып, солардан Баскетбол жарысында 1-орынды ХББ не қараслы 33-санлы мектеп, 2-орынды Жаслар аўқамы районлық Кеӊеси, 3-орынды Спорт мектеби командалары жеңип алды. Арқан тартыс жарысында ер балалар арасында 1-орынды 19-мектеп, 2-орынды 2-мектеп, 3-орынды Агроэкономика колледж командалары, Қыз балалар арасында 1-орынды 15-мектеп,2-орынды 16-мектеп, 3-орынды 23-мектеп командалары жеңип алды.

Спорттың Армрестлинг түринен болған беллесиўде ер балалар арасында 1-орынды Агроэкономика колледж оқыўшысы Х.Камалов, 2-орынды 9-мектеп оқыўшысы Д.Абдиғаниев, 3-орынды 16-санлы мектептиң оқыўшысы А.Дәрибаевлар жеңип алған болса қыз балалар ортасында 1-орынды 18-мектеп оқыўшысы У.Хожаназарова, 2-орынды 8-мектеп оқыўшысы Ш.Бекеева, 3-орынды 31-мектептиң оқыўшысы А.ϴтешовалар жеңип алды. ДАРТС жарысында ер балалар ортасында 1-орынды  1-мектеп оқыўшысы А.Толыбаев, 2-орынды 28-мектеп оқыўшысы С.Амангелдиев, 3-орынды 11-мектеп оқыўшысы Ж.Мадреймов, қыз балалар ортасында 1-орынды 31-мектеп оқыўшысы А.Артықбаева, 2-орынды 15-мектеп ҳәм 18-мектеп оқыўшылары Р.Бекполатова ҳәм У.Хожаназарова, 3-орынды 20-мектеп оқыўшысы М.Жолдасбаевалар жеңип алды.

Skip to content