Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен спорт жарыслары ѳткерилмекте

Шоманай районында 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен спорт жарыслары ѳткерилмекте

Шоманай райны ҳәкиминиң 2020-жыл 11-январь күнги 01-09/01-01/45-санлы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 әҳмийетли басламасы шеңберинде Шоманай районында 2020-жыл январь-март айлары даўамында әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша ис-иләжлар режесиниң 4-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен 13-14-январь күнлери аралығында район аймағындағы барлық улыўма билим бериў мектеплери ер муғаллимлери арасында Халық билимлендириў бөлимине қараслы 33-санлы улыўма билим бериў мектебинде спорттың Баскетбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Жарысты Шоманай районы ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров ашып берди ҳәм жарыс қатнасыўшыларына әўмет тилеп жарысты ашық деп жәриялады. Жарысқа жәми 30 команда қатнасты ҳәм жарыс жуўмағына көре Балалар өспиримлер спорт мектеби командасы сыйлы  3-орынды, Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси ҳәм басланғыш шөлкем жетекшилеринен дүзилген командасы 2-орынды ҳәм 33-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы сыйлы 1-орынды жеңип алды.

Skip to content