Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныу́ бөлими ϴзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң шөлкемлескенлигиниң 28 жыллығы хәм 14-январь “У́атан қорғау́шылары күни”не бағышланған “Ең жақсы шақырыу́ға шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллими хәм ең жақсы оқыу́ орны” көрик таңлау́ының “Ең жақсы шақырыу́ға шекемги басланғыш таярлық оқыу́ орны” номинациясы бойынша Шоманай районы 7-санлы улыу́ма орта билим бериу́ мектебиниң оқытыу́шысы Маденов Рау́аж Кайыпберген улы жеңимпаз болып I-дәрежели диплом менен сыйлықланды.