Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында 14-январь «Ўатан қорғаўшылар күни» байрамы кең нышанланды

Шоманай районында 14-январь «Ўатан қорғаўшылар күни» байрамы кең нышанланды

Шоманай районы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы қураллы күшлериниң  қабыл етилгенине 28 жыл толыўы  ҳәм 14-январь «Ўатан қорғаўшылар күни»  байрамы мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди. 

Байрам кешесин Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Кушлериниң шөлкемлестирилгенине 28 жыл толыўы ҳәмде «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы менен байрам қатнасыўшыларын қутлықлады.

Соң ғәрезсиз мәмлекетимиз тынышлығын қорғаўдай жуўапкершиликли ҳәм машақатлы кәсип ийелерине  район ҳәкимлиги тәрепинен «миннетдаршылық хаты» ҳәм де баҳалы саўғалар, сондай-ақ Шоманай районы Қорғаныў бөлимине «принтер» ,ДХХ ЧҚ 9202-Z шегара посты әсерий бөлимшесине  «компютер топламы», ҳәм 2018-2019-оқыў жылында өткерилген «Темурбеклер» әскерий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышында сыйлы 1-орынды алғаны ушын 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Жайҳун» топарына район ҳәкиминиң  «Ҳүрмет жарлығы»  ҳәм баҳалы саўғалар  байрам мүнәсибети менен тапсырылды. Районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағламасы келген мийманларға көтериңки кейпият бағышлады.

Skip to content