2020-жыл 14-январь күни Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти. Өткерилген сессияға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қаҳраман Раматуллаевич Сариев, Депутатлар, Хәким орынбасарлары, Сектор басшылары, мекеме шөлкем басшылары, ҳуқықты қорғаў уйымлары, жәмийетлик шөлкем басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибинде төмендеги мәселелер қаралды:
1. 2019-жыл 22-декабрь күни бөлып өткен сайлаўдың ҳәм 2020-жыл 5-январьдағы тәкирарий даўыс бериўдиң нәтийжелери бойынша районлық сайлаў комиссиясы баслығының мәлимлемеси ҳаққында
2. Шоманай районы ҳәкимин тайынлаў туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлигин тастыйықлаў ҳаққында
3. Халық депутатлары Шоманай районы Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялары туўралы Режени тастыйықлаў ҳаққында
4. Халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў ҳаққында
5. Халық депутатлары Шоманай районы Кеңесиниң турақлы комиссияларын дүзиў ҳаққында
6. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңесине Шоманай районы Кеңеси кандидатурасын усыныс етиў ҳаққында.
Сессиядағы күн тәртибиндеги мәселелер бир аўыздан мақулланып тастыйықланды.
Күн тәртибиндеги екинши мәселеге муўапық Шоманай районы ҳәкимин тайынлаў туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлиги тастыйықланып Шоманай районы ҳәкими етип Б.Янгибаев сайланды.